Түркий халықлар фольклорын салыстырмалы типологиялық изертлеў миллетлердиӊ үрп әдетлерин, миллий салт-дәстүрлериниӊ пайда болыўын ҳәм миллий тийкарларын үйрениўде баслы ўазыйпалардан бири болып есапланады. Халық фольклорын изертлеў бойынша ерисилген табыслар өзбек ҳам қарақалпақ халықларында той-мәресимлер ҳәм оларда қолланылатуғын салт-дәстүрлерди анықлаўда жәрдем береди. Усы орында түркий халықларыныӊ көпшилигинде, әсиресе, өзбек, қарақалпақ, т.б. халықларда келин түсириў мәресимлерин өткериў, усы мәресимде қолланылатуғын салт-дәстүрлер, исенимлерди салыстырмалы изертлеўде күтилген нәтийжеге ерисиўде үлкен әҳмийетке ийе. Мәселен, өзбек, қарақалпақ халықларының фольклорында келин түсириў тойы болады. Усы тойда келин уйине келгенде бетин ашыў дәстүри бар. Сол ўақытта «Беташар» қосықлары айтылады. «Беташар» қосығы айтылған ўақытта келинниң үстине ақ орамал жаўылып, түскен үйиниң ағайын, туўған-туўысқанларына, ата-енесине, қоңсы-қобасына ийилип сәлем бериўи керек болады. Сол ўақытта жасы үлкен апалардан биреўи келинниң орамалының ушына анар, алма, тут ҳәм т.б. ағашлардың шыбығын байлап, бир кишкене баланың қолына услатып турады. Мине, бул дәстүр келин мийўели ағаштай өнип-өссин деген түсиник пенен әмелге асырылады.